Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банки менен киши ҳәм орта бизнес субъектлери арасында өз-ара шериклик механизмлери» темасында семинар болып өтти.

Илажға район ҳәм қала ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, коммерциялық банклердиң басшылары, Хорезм ўәлаяты менен республикамыздан исбилерменлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов басқарып барды.

Буннан кейин  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банкиниң Орайлық Азия ҳәм Россия бойынша басқарыўшы директоры Н.Ханженкова, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комиетети баслығының орынбасары Л.Қудратов өткерилип атырған семинардың мақсети ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Илажда  ЕТРБның Өзбекстан Республикасында ўәкилханасының басшысы А.Дракинос, ЕТРБниң Орайлық Азия бойынша киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў және қаржыландырыў департаментиниң регионаллық директоры  Н. Мансурова, усы департаменттиң жетекши банкири Н.Талибжанов, ЕТРБның Өзбекстан Республикасындағы ўәкилханасының жетекши банкири Х.Узақовалар «ЕТРБның киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў усыллары», «Жеке сектор ушын мәсләҳәтлер», «Жергиликли қаржы мәкемелери арқалы жеке секторды қаржыландырыў» темаларындағы баянатлары менен шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, өткен жылдың ноябрь айында Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банки менен Өзбекстан ҳүкимети арасында улыўма баҳасы 170 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит линияларын ажыратыў бойынша келисимге ерисилди. Усы жылдың февраль айында болса, туризм ҳәм мәдений мийрас объектлерин сақлаў бойынша жойбарларды қаржыландырыў бойынша меморандумға қол қойылды. Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан ЕТРБ тәрепинен улыўма баҳасы 150 миллион евро ажыратылатуғын  «Мәдений мийрас» бағдарламасына қатнасыў ушын таңлап алынған биринши мәмлекет болып табылады.

Европа тиклениў ҳәм раўажландырыў банки менен Өзбекстан Саўда-санаат палатасы арасында бирге ислесиў жақсы жолға қойылмақта. Өткен жылдың ноябрь айында «Киши бизнес ушын мәсләҳәтлер» бағдарламасын  әмелге асырыў ушын улыўма баҳасы 2,5 миллион евро болған меморандумға қол қойылды.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы