Өткен шемби күни пайтахтахтымыз Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов тәрепинен пуқараларды қабыллаў болды.

Илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар бүгинги күни өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланбеқта.  Оның негизинде «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен уллы» деген үлкен мақсетлер ҳәм ўазыйпалардың жәмленгени менен де әҳмийетли.

Усы күни шөлкемлестирилген қабыллаўға тийкарынан денсаўлықты сақлаў, жумысқа орналасыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият, суд, ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы, кредит алыў, турақ жай, жер орны менен тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелер бойынша  37 пуқара мүрәжат етти. Олардың мүрәжатларының қөпшилиги сол жердиң өзинде қанаатландырылды. Қалғанлары тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, илаж көрилетуғын болды.

Қабыллаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.