Өзбекистандағы жол белгилерине жуўапкер болған «Ўзавтойўлбелги» мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен быйыл Қарақалпақстан Республикасында 1451 жол белгиси, Нөкис қаласында 10 жаңа светофор, жоллардың кесилиспелерине 5 видеобақлаў камераларын орнатылыўы режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы бул камералар жол патруль хызмети инспекторларының жумысын бир қанша жеңиллетиўине исеним билдирмекте. Тийкарынан Беруний-Төрткүл гүзары, Республикалық туўыў үйи, Спорт комплекси (бурынғы «Айдын жол» базары) сыяқлы ири кесилиспе жолларда, жол транспорт ҳәдийселери көп жүз беретуғын трассаларда орнатылатуғын видеобақлаў камералары светофорлардың бузылыў, автоавария жағдайларында жедел түрде хабар табыўға имкан жаратады.

Және бир жаңалық, быйыл Орайлық базардағы туннельдиң орнына Төрткүл гүзарының үстинен, Дослық гүзарының Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, 1-академиялық лицей ҳәм басқа да балалар, жаслар оқыў орынлары жайласқан жеринде жол  үстинен пиядалар ушын көпир қурылыўы режелестирилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы