Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының мәлим етиўинше, Нөкистеги пиядалар өтиўши жоллар енди сары реңге боялады.

Сары сызықлар менен бояў жумыслары ҳаўа райы жылығаннан кейин әмелге асырылады.

Пиядалар өтиў жолындағы ақ сызықлардың сары реңли сызықлар менен алмастырылыўы пайтахтымызда жол транспорт ҳәдийселери санының көбейип кетиўи менен байланыслы.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен усынылған үлги схемасында тийкарынан мектеплердиң, спорт комплекслери ҳәм басқа да балалар қатнаўы көп аймақлардағы үлкен жолға сызылатуғын сары сызықлардың узынлығы 4 метр, ени 60 сантиметр, сызықлардың арасы 40 сантиметр болыўы көрсетиледи.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы