16-17-февраль күнлери Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 2018-жыл «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен спорттың гандбол түри бойынша 2002-2003-жыллары туўылған қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық чемпионаты өткерилилди.

  Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 10ға жақын команда қатнасты.

Жарыс халықаралық гандбол федерациясының қағыйдаларына муўапық алып барылды.

Бундай илажларды өткериўдеги тийкарғы мақсет – республикамызда гандбол спорт түрин раўажландырыў, спорт шеберлигин жетилистириў, күшли спортшыларды Қарақалпақстан Республикалық сайланды командасына сайлап алыў, сондай-ақ, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм гандбол спорт түри менен шуғылланыўшы жаслар санын көбейтиўден ибарат.

Жарыс жуўмағында Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң 1-топары 1-орын, 2-топары 2-орынды, Шымбай районлық балалар ҳәм жас өспиримлер мектебиниң қызлар командасы сыйлы 3-орын жеңимпазы деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги