Усы жылдың 15-февраль күни пайтахтымыз Нөкис қаласында болып өткен мийнет ярмаркасында өзлериниң жоқары нәтийжелери менен ажыралып киятырған жасларымызға 11 дана «Дамас» ҳәм 4 дана «Спарк» автомашиналары тапсырылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң 8 қалалық ҳәм районлық кеңеслерине «Президент саўғасы» – «Матиз» автомашиналары салтанатлы түрде тапсырылды.

ҚХА