Нөкис қаласындағы өткерилген мийнет ярмаркасында саўда көргизбеси де өткерилип, онда Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң усынысы менен 30 жас исбилермен, фермер ҳәм өнерментке қайта қаржылаўдан жоқары болмаған процентте (14 процент) ең кем мийнет ҳақының 500 есесине шекемги муғдарда жеңиллетилген кредитлер алыў мүмкиншилигин беретуғын арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Быйылғы жылы елимизде жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын 20 миллиард сўмға шамалас кредит ажыратылыў режелестирилген. Бул көрсеткиш өткен жылы 17 миллиард сўмға тең еди.

Сондай-ақ, быйылғы жылы 96 жас шаңараққа «Жаслар үйи»н қурып, пайдаланыўға тапсырыў көзде тутылған. Мағлыўмат ушын, 2017-жылы 48 жас шаңараққа арналған «Жаслар үйи» жас шаңарақларға тапсырылған еди.

ҚХА