Алдын хабар еткенимиздей, усы жылдың 15-февраль сәнесинде болып өткен мийнет ярмаркасында 100 ге шамалас жас исбилермен, өнермент ҳәм фермерлер өзлериниң ислеп шығарған өнимлери менен қатнасты.

Ҳәзирги ўақытта елимизде 5,5 мыңнан аслам фермер хожалықлары жумыс алып барып атырған болса, соның 570 тен асламына жаслар басшылық етпекте. Сондай-ақ, 5 мыңнан аслам жас исбилерменлеримиз ҳәр түрли тараўларда хызмет етип, елимиз экономикасының беккемлениўине өзлериниң үлесин қоспақта.

ҚХА