2018-жыл 12-февраль күни Шымбай районы дийқан базарында  ун сатыў менен шуғылланып жүрген жеке исбилермен Зияда Сулаймановадан бир қарыйдар келип 2 қалта Қазақстан унын саўдаласып, 255.000 сумға сатып алып, оған 26 дана 10.000 сумлық купюродағы жәми 260.000 сум пулды береди ҳәм қайтымына 5.000 сум қайтып береди. Зияда Сулайманова саўданы жуўмақлап болып, пулларды қайта санап көргенде олардың қәлбеки екенлиги анықлайды. Ол дәрҳал районлық Ишки ислер бөлимине мүрәжат етеди. Бул ҳаққында Шымбай районы ҳәкимлиги хабар етеди.

Алып барылған оператив тергеў даўамында қәлбеки пулларға саўда ислеген пуқара Қараөзек районында жасаўшы Орынбай Даўлетияров болып, өзиниң танысы болған Қазақстан Республикасы Шымкент ўәләяты Сары-ағаш районында жасаўшы пуқара Анарбай атлы пуқара пенен алдын ала жынайый тил бириктирип, 2826 дана Өзбекстан миллий валютасы болған 10.000 сумлық (жәми 28.260.000 сум) ҳәм 29 дана 100 АҚШ доллары (жәми 2.900 АҚШ доллары) купюра пулларды Өзбекистан Республикасына алып келеди. Сон­дай-ақ, бул пуқараның «Қара базар»дан Қазақстан Республикасы миллий валютасы болған теңгелерди сатып алып, Қазақстан Республикасына қайтып кетпекши болғанлығы анықланды.

Жынаятшы өз жазасын алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги