Фото: Назарбай Сейтимбетов

Усы жыл 20-январьдан 10-февраль күнлери аралығында өткерилген «Ең белсенди кекселер ҳәм нураныйлар жумыслары бойынша кеңесгөй» таңлаўы жуўмағы бойынша Төрткүл районы «Түркистан» МПЖдан қатнасқан Назарбай Сейтимбетов биринши орынды ийеледи.

Таңлаўға қалалық, районлық басқышларда жеңимпаз болған 16 мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының кекселер ҳәм нураныйлар жумыслары бойынша кеңесгөйлери қатнасты.

Таңлаў жуўмағы бойынша Нөкис қаласы «Қум аўыл» МПЖдан Амангелди Әдилов екинши, Қараөзек районы «Ата мәкан» МПЖдан Нурмухаммед Тлеўмуратов үшинши орынды ийеледи ҳәм бир қатар номинация жеңимпазлары анықланды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған естелик саўғалары, диплом ҳәм «Nuroniy» газетасы менен «Keksalik gashti» журналына фонд есабынан бир жылға жазылыўы менен сыйлықланды.

Таңлаўдың биринши шәрти бойынша ең алды менен қатнасыўшылардың мәкан пуқаралар жыйынларының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырған жумысларының презентациясы болып өтти. Бунда ҳәр бир қатнасыўшы өз мәкан пуқаралар жыйынларындағы жумыслар туўралы слайдлар арқалы кеңирек таныстырыўға ҳәрекет етти. Екинши шәртинде қатнасыўшыларға Өзбекистан Республикасының нызамлары, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери ҳәм басқа да нызам асты ҳүжжетлеринен келип шыққан ҳалда шешим таба алыўын, олардың билимин, тәжирийбесин, логикалық жақтан пикирлеўин, сондай-ақ, жумыста ушырасып туратуғын айырым жағдайлардан шығысып кетиўин анықлаў мақсетинде сораўлар берилип, сынақтан өткерилди. Соң олардың жумысына байланыслы барлық мағлыўматларының бар екенлиги, олардың жаңаланып турылғанлығы, ҳүжжетлериниң белгиленген тәртипте жүргизилип атырғанлығы, сақланыўы, есаплары баҳаланды. Улыўма 50 баллға шекемги баҳалаў әмелге асырылып жеңимпазлар анықланды.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – мәкан пуқаралар жыйынлары баслықларының кекселер ҳәм нураныйлар жумыслары бойынша кеңесгөйлери тәрепинен нураныйлар ҳәм жаслар менен сәўбетлесиўлер өткериўди жолға қойыў, фонд алдына қойылған ўазыйпаларды орынлаў, Ферғана тәжирийбеси тийкарында жаслар, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм шаңарақларда татыўлық, тынышлықты тәмийинлеў, нураныйлардың бай тәжирийбесин жаслар арасында үгит-нәсиятлаў ҳәм үйретиў, олардың санасына Ўатанды сүйиў, кекселерди ҳүрметлеў, кишилерге иззет көрсетиў, жақсылық, дослық ҳәм садықлық сыяқлы жақсы пазыйлетлерди қәлиплестириў болып есапланады.

Илажда Өзбекистан ветеранларының жәмийетлик жумысларын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры республикалық басқармасының ўәкили Ш.Рўзиев қатнасты.

Таңлаў барысында республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң ҳәм мектеп оқыўшыларының концерт бағдарламасы қойып берилди.

А.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.