Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 15-февраль күни Қырғызстан Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўдиң басында мәмлекет басшылары Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 25 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин шын жүректен қутлықлады.

Өткен дәўирде туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеўге, өз-ара пайдалы Өзбекстан – Қырғызстан бирге ислесиўин салмақлы дәрежеде кеңейтиўге ерисилгени терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплердиң сиясий ерк-ықрары ҳәм әмелий ис-ҳәрекетлери себепли өз-ара қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине жеткени айрықша атап өтилди.

2017-жылы үш мәрте жоқары дәрежедеги сапар етиў табыслы әмелге асырылды, олардың жуўмағы бойынша бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелерине байланыслы әҳмийетли келисимлерге ерисилди, Өзбекстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегаралары ҳаққында шәртнамаға ҳәм басқа да келисимлерге қол қойылды.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери жедел пәтлерде өспекте, өндирислик кооперацияның көлеми кеңеймекте. Транспорт коммуникациялары тараўында, соның ишинде, «Өзбекстан-Қырғызстан-ҚХР» жөнелиси бойлап автомобиль қатнаўын жолға қойыў ҳәм темир жол қурыўға байланыслы стратегиялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Еки елдиң аймақлары арасында нәтийжели бирге ислесиў механизмлери жолға қойылды. Мәдений-гуманитарлық тараўдағы алмасыўлар жеделлести.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер даўамында ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў зәрүрлигин атап өтти. Еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўдиң басқа да мәселелери бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиўдиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге қатаң умтылатуғынын атап өтти.

ӨзА