Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң гезексиз сессиясында район ҳәкими Қазақбаев Осербай Жиенбаевич ийелеп турған лаўазымынан босатылды. Район ҳәкими лаўазымына Ещанов Полат Қадирбергенович тайынланды. Ещанов Полат Қадирбергенович усы күнге шекем Қоңырат районы Ишки ислер бөлими баслығы лаўазымында хызмет ислеп келди.