Усы жыл 15-февраль күни пайтахтымызда «Жаслар – келешек қурыўшысы», «Халқымыздың хызметинде болыў ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў – үлкен бахыт» атамасында жас исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси ҳәм халықтың жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша мийнет ярмаркасы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң  басшылары, Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги баслықлары ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллери, 100 ге шамалас жас исбилермен, өнермент ҳәм фермерлер өзлериниң ислеп шығарған өнимлери менен қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды көргизбениң ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымыз, әсиресе жаслар арасында фермерлик ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, олардың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды шешиў әҳмийетли орын ийелейди. Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен исбилерменлер ушын салық жеңилликлериниң жаратылыўы, сапалы банк хызметлериниң көрсетилиўи, шет еллерге өним шығарыў мүмкиншилигиниң кеңейиўи, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге қаратылған ийгиликли ислерден саналады. Ҳәзирги ўақытта бес ярым мыңнан аслам фермер хожалықларымыз жумыс алып барып атырған болса, соның 570 тен асламына жаслар басшылық етпекте. Сондай-ақ, 5 мыңнан аслам жас исбилерменлеримиз ҳәр түрли тараўларда хызмет етип, елимиз экономикасының беккемлениўине өзлериниң үлесин қоспақта.

Тараўда бахтын сынап көрмекши болған жасларымыз ушын өткен жылы 17 миллиард сумнан аслам кредитлер ажыратылған болса, быйылғы жылы 20 миллиард сумға жақын кредит қаржылары ажыратылыўы күтилмекте ҳәм ҳәр тәреплеме хошаметленбекте. Атап айтқанда, өзлериниң айрықша билими, таланты ҳәм мол табыслары менен ажыралып туратуғын жас шаңарақларымызға жаңа жыл алдынан 48 квартиралы турақ жай тапсырылды. Бул ийгиликли жумыс быйыл да даўам етип, 96 жас шаңарақлар ушын «Жаслар үйлери»н қурыў режелестирилмекте. Жаслар аўқамының 8 қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине «Президент саўғасы» – «Матиз» автомашиналарының берилиўи олардың келешекке деген исенимин және де беккемлемекте.

Мийнет ярмаркасы даўамында фермерлер менен бирге мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, емлеўханалар арасында өз-ара сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилди.

Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен бирликте жоқары, орта-арнаўлы оқыў орынларының пикериўши жаслары ҳәм жәмлеспеген жумыссыз жаслар ушын мийнет ярмаркасы өткерилди. Илаж даўамында 553 жасқа жоллама берилди 254 жас жумыс пенен тәмийинленди.

– Мен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Филология факультетин 2016-жылы питкерген едим. Жумыссыз едим. Усы ярмаркаға қатнасып Қарақалпақстан Республикасы «Мәҳәлле» қорына жумысқа алынатуғын болдым. Мен буннан оғада қуўанышлыман,-дейди илаж қатнасыўшысы А.Төребаев.

– Мен 1-санлы Нөкис медицина колледжиниң мийирбийкелик иси бөлимин 2016-жылы питкерген едим. Бүгинги мийнет ярмаркасында Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиникасына мийирбийке болып жумысқа кирдим,-дейди илаж қатнасыўшысы Ақсүңгүл Есбергенова.

Сондай-ақ, илаж даўамында арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди. Ярмарка қатнасыўшылары жас исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлер тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди арзанластырылған баҳада сатып алыў имканиятына ийе болды.

Илажда өзлериниң жоқары нәтийжелери ҳәм табыслары менен ажыралып киятырған жасларымызға 10 жыл мүддетке жеңиллетилген кредит есабынан 11 дана «Дамас» ҳәм 4 дана «Спарк» автомашиналары тапсырылды.

Саўда көргизбеси даўамында Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң усынысы менен 30 жас исбилермен, фермер ҳәм өнерментке қайта қаржылаўдан жоқары болмаған проценте (14 процент) ең кем мийнет ҳақының 500 есесине шекемги муғдарда жеңиллетилген кредитлер алыў мүмкиншилигин беретуғын арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.