Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы усы салаларда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси әмелде яғный турмысымызда айқын сәўлелениўи ушын қойылған және бир ири қәдем болды.

Себеби, бул ҳуқықый ҳүжжет жәмийеттен бөлекленип қалған майып, судланған ҳәм республикамыздың ең шетки аймақларында жумыссыз бос отырған ҳаял-қызларды белсенди турмыс тәризине қайтарыў бағдарында;

шаңарақларды беккемлеў, олардың беккемлигин тәмийинлеўде өз-ара қарым-қатнасқа, бала тәрбиясына миллий қәдриятларды сиңдириў мәселелеринде Ҳаял-қызлар комитетиниң ўәкилликлерин ҳәм ўазыйпаларын қатаң түрде белгилеп берди. Бул мәселелер, атап айтқанда, шаңарақ беккемлиги мәселеси бурыннан да комитеттиң итибарында болып, айтарлықтай илажлар әмелге асырылып келинбекте еди. Бирақ, нызамлы түрде жуўапкер сыпатында жумыс алып бармағаны себепли, нәтийжелер санларда айқын сәўлелениўин таппай атыр еди.

Пәрман арқалы ПҲАЖ уйымының, «Шаңарақ» орайының районлық (қалалық) бөлиминиң ҳәм ҳаял-қызлар және шаңарақ мәселелери бойынша басқа да структуралардың искерлигин қадағалаў ҳәм муўапықластырыў жумыслары Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығына исенип тапсырылды.

Тараўда анық нәтийжелерге ерисиў ушын жумыс алып барыўшы Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети жанындағы «Шаңарақ» орайы тийкарында Министрлер Кабинети қасынан шөлкемлестирилетуғын «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими, Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң бирге ислесиўи нәзерде тутылмақта.

Шаңарақлардың беккемлениўинде, аналықты ҳәм балалықты қорғаўда мүнәсип хызмет және белсендилик көрсеткен, елимиздиң раўажланыўы ушын пидайы мийнет еткен ҳаял-қызлар «Мўътабар аёл» («Ҳүрметли ҳаял») көкирек белгиси менен сыйлықланады.

Өзбекистанымызда талантлы қызлар көп болыўына қарамастан, ҳәр бир аймақтан бир қыз «Зульфия» избасары атағына ерисип, аймақ қызларының жүзине айланатуғын ҳәм бир қатар жеңилликлерге ийе болатуғын еди. Жаңа пәрман бойынша ҳәр бир аймақтан билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, спорт және жәмийетлик жумысларда айрықша жетискенликлерге ерискен он төрт жасқа толған ҳәм  отыз жастан аспаған (бурын он төрт жастан жигирма еки жасқа шекемги) еки қыз усы мәмлекетлик сыйлыққа ерисиўи мүмкин.

Жаңа қосымшалардан және бири жоқары оқыў орнындағы бакалавриат студентлери «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлыққа ерискен болса, магистратураға тийисли жөнелис ҳәм қәнигелик бойынша кириў сынақларысыз мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиледи.

Елимизде реформалар баслықлардың санын көбейтиў ямаса жыйналыспазлықты арттырыў ушын емес, ал, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, мәпин қорғаў мақсетинде әмелге асырылады. Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлар пәраўанлығы жолында қабыл етилген жаңа пәрман да усы тараўда қанаатланарлы нәтийжелерге ерисип, келешегимиздиң және де жарқын болыўына хызмет етеди, десек қәтелеспеймиз.

 

З.ИБРАГИМОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы