Өткен әсирдиң ен аўыр дәўири – 30-жылларында аяўсыз сиясий дүзим қысыўмети астында Узақ Шығыстан Өзбекистанға келип қалған он мыңлап корейслер бүгинги күнде халқымыз бенен тыныш-татыў турмыс кешпекте. Сол дәўирлерде халқымыз өзине тән адамгершилик ҳәм кеңпейиллик пенен тәғдир ҳүкимине таслап қойылған корейслерге меҳир берди.

Өткен жылы таңғы тазалық ели ўәкиллериниң мәмлекетимизде қоныс басқанынының 80 жыллығы жоқары дәрежеде белгиленип өтилген еди.

Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында қәдирдан корейс халқы менен дослық қарым-қатнасығымыз еле де беккемленбекте.

Қарақалпақстандағы корейс диаспорасының да жергиликли халық пенен тили, дили бир болып кеткен.

Қарақалпақстандағы Корейс миллий мәдений орайының баслығы Марина Когайдың пикиринше, қарақалпақ ҳәм корейс миллети сыртқы көриниси менен де, үрп-әдет, тили жағынан да бир-бирине жүдә уқсас. Қарақалпақстанда бүгинги күнде 6500 ге шамалас корейс миллети ўәкиллери жасайды. Олардың көпшилиги тилин умытқаны менен корейс ҳәм қарақалпақ дәстүрлерине теңдей әмел етеди.

Быйыл республикамыздағы корейс миллий мәдений орайының 28 жыллығы белгиленеди. Усыған байланыслы орайда таярлықлар қызғын, – дейди М.Когай. – Бизлердиң миллий мәдений орайға 1990-жылы мартта Алексей Тюгай тийкар салған. Ҳәзирги ўақытта орайымызға 70 тен аслам оқыўшы корейс тилин үйрениў ушын келеди.  Олар тағы да корейс миллий музыкасын, аяқ ойынларын үйрениўге де қатнасады. Арқа Кореядан келген  волонтёр кейпоп музыкасын, корейс тилиниң оқытыўшысы Марина Александровна Тен аяқ ойынларын бийпул үйретеди. Турақлы қатнасып жүрген жаслар орай жанынан «Мугумха» (гибискус гүли) ансамблин ашты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы