Бүгинги күнде республикамыздың алыс районларынан бири Қараөзек районында исленип атырған жумыслар көзди қуўандырады.

Президентимиздиң өткен жылы 15-16-декабрь күнлери республикамызға болған сапары даўамында районда 4 сектор басшыларына ҳәр бири кеминде 250  мың АҚШ доллары муғдарында шет ел инвестицияларын тартыў, жаңадан жумыс орынларын жаратыў бойынша ўазыйпалар белгиленип берилген еди.

Соннан «Мәденият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Сифат инвест компанияси» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 712,5 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киригизилиўи есабынан жылына 10 мың куб метр ДСП ҳәм ЛДСП ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилиўи күтилмекте. Кәрхананың иске түсиўи менен 20 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.

Сондай-ақ, усы жылда «Қараөзек» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Қалим Бекполат» фермер хожалығына 600 мың долларлық, «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қарақалпақ цемент» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 500 мың долларлық ыссыхана (гидропоника) үскенеси алып келинеди, ал «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Нөкис полиграф» ЖШЖға 400  мың АҚШ долларылық 500 тонна қуўатлылыққа ийе музлатқыш үскенеси орнатылады.

Ҳәзирги күнде районда 52 мың халық жасайды.  Районда жумыссызлық дәрежесин азайтыў мақсетинде бәнтлик бағдарламасы бойынша өткен жылы 1949 жумыс орны жаратылды, – дейди район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Ильясов. – Райондағы экономика ҳәм турмыс хызметин көрсетиў, аўыл хожалығы, агросанаат колледжлериниң питкериўшилерин жумысқа орналастырыў жақсы жолға қойылған.

Қараөзек районында усы жыл ушын жәми 1 млн. 43 мың долларлық экспорт прогнозы белгиленген. Солардан, райондағы «Платинум агрокомплекс» кәрханасы 150 мың АҚШ долларына қурма ҳәм овощ, «Қараөзек агрокомплекс» кәрханасы 30 мың АҚШ доллары муғдарында  боян тамыр, «Бустан талк» кәрханасы 20 мың АҚШ доллары муғдарында  вермикулит өнимлериниң экспорт етиўин режелестирген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги