Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының 10-класс оқыўшысы Айжамал Қалыбаева Ташкенттеги «Түркистан» сарайында болып өткен Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен таярланған ҳәм басып шығарылған «Ислам Кәримов – бийғәрез Өзбекистанның тийкарын салыўшысы» китап-альбомы менен таныстырыўға бағышланған «Жалын киби жанып, өзгелердиң жолын жарық ет» сүрени астында өткен салтанатлы мәресимде «Ислам Каримов – Ўзбекистон Республикаси Биринчи Президенти»  естелик медалы менен сыйлықланды.

Президентимиздиң басламасы менен 2017-жыл 27-ноябрьде «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримов туўылғанының 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарардың орынланыўы шеңберинде елимизде избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. «Жалын киби жанып, өзгелердиң жолын жарық ет» сүрени астында өткен салтанатлы мәресимде Айжамал Қалыбаева Биринши Президентимиздиң ең қыйын дәўирлерде жасларды ақыллы, билимли етип тәрбиялаўға, әсиресе, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратқаны, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың енгизилгени ҳәм билимлендириў тараўында үлкен жетискенликлерге ерисилгени ҳаққында рус тилинде өзиниң жүрек сөзлерин, пикирлерин билдирди.

– Алдын пайтахтымызда болып өткен илажда шығып сөйледим, Ташкенттеги үлкен сахнаға биринши шығыўым, дәслеп толқынландым. Сонда Биринши Президентимиздиң «Барлық қызлар мениң қызым», «Перзетлеримиз бизден көре күшли, билимли, дана ҳәм әлбетте бахытлы болыўы шәрт» деген сөзлерин еследим ҳәм бул маған илҳам бағыш етти, менде күш-жигер пайда болды, – дейди Айжамал. – Илаж менде үлкен тәсир қалдырды. Келешекте журналист болмақшыман.

Орыс, инглис тиллерин үйрендим. Ҳәзирги күнде корейс тилин үйренип атырман. Тил үйрениўимде тоғыз жыл билим алған «Прогресс» Билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайының роли айрықша. Ата-анамнан өткен жазыўшылық қәбилетим бар. Кишкене ўақтымнан  қағаз «шыжбайлаў»ды жақсы көремен. Бүгинги күнде мектеп-интернатта қәбилетимди раўажландырыўға устазларым бар күш-жигерин жумсамақта. Әсиресе, директорымыз Парахат Палымовтың, орыс тили пәни оқытыўшым Ольга Утемуратованың, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшым Нурлыбай Алламуратовтың ҳәм басқа да устазларымның мийнетлери айрықша. Ертеклерди орыс ҳәм инглис тиллерине аўдарып, шет тиллерде шығарыўды нийет еткенмен. Қосықларым, гүрриңлерим жергиликли басылымларда жарық көргени менен еле китап болып шықпады. Бүгинги күнде кишигирим китабым басылып шығыў алдында тур.

Китап-альбомда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың алғы сөзи келтирилген. Соның менен бирге, Биринши Президентимиздиң ҳәр түрли жыллардағы мийнет жолына байланыслы сүўретлери, сырт ел басшыларының, мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлердиң ҳәм басқа да абыройлы адамлардың Ислам Кәримов ҳаққында билдирген жыллы пикирлери, шын жүректен айтылған сөзлери орын алған.

– Мектеп-интернатымызда қәбилетли оқыўшылар билим алмақта, бирақ Айжамал басқа оқыўшылардан зийреклиги, излениўшеңлиги, пикирин еркин билдириўшилик уқыбы менен айрықшаланады, – дейди устазы Н.Алламуратов. – Ол қосық жазыў менен бирге қосықларды талқылаў сырларын терең үйренбекте. Уллы шайырымыз И.Юсуповтың шығармаларын орыс, инглис тиллерине аўдарма ислеўди нийет еткен. Ташкентте оның «Ислам Каримов Ўзбекистон Республикаси Биринчи Президенти»  естелик медалы, бийбаҳа китаплар менен сыйлықланғаны талпыған таланқа хошамет болды ҳәм бул келешекте жоқары нәтийжелерге ерисиўине тийкар болады.

 

Мөлдир Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы