Бурын хабар етилгениндей, 1-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Ғәрезсиз елиме хош келдиң, Наўрыз!» атамасындағы таңлаў жәрияланған еди.

13-февраль күни пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы таңлаўдың республикалық басқышы өткерилди.

Оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 50ге жақын қосықшылар қатнасты. Таңлаў қатнасыўшылары  ана-Ўатан, Наўрыз байрамы, бәҳәр паслына арналған жаңадан дөрелген қосықлар фонограммасыз, жанлы ҳаўазда атқарылды.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен таңлаўда «Ең жақсы қосық тексти» номинациясы бойынша Алтынгүл Әжиниязова биринши, Ахмет Тәжимуратов екинши, Гульяш Заримова үшинши орын жеңимпазлары деп табылған болса, «Ең жақсы қосық атқарыўшысы» номинациясы бойынша Гүлнара Иституллаева (Хожели районы) биринши, Шымбай районлық 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Халық сазлары ансамбли» екинши, Вахобжан Абдуллаев (Әмиўдәрья районы) сыйлы үшинши орын ийелери деп табылды. Сондай-ақ, таңлаўдың «Ең жақсы нама дөретиўшиси» номинациясында Нурназар Қәллибеков биринши, Зәрипбай Халмуратов екинши, Әдил Темирбаев үшинши орын жеңимпазы деп табылды.

Таңлаўда белсене қатнасқан қатнасыўшылар ҳәм таңлаў жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылады.

Ең жақсы қосық атқарыўшылары деп табылған қосықшылар республика көлеминде өткерилетуғын 21-март-Халықаралық Наўрыз байрамына бағышланып өткерилетуғын концерт бағдарламасына қатнасыў  имканиятына ийе болды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы