Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының мǝжилислер залында «Қарақалпақстан Республикасы жаслар устазы» нураный бажыхана хызмети полковниги Абдраманов Бийсенбай Сапарбаевичтиң  «Бахыт сыйы» атамасындағы жаңа китабының презентациясы болып ɵтти.

Презентацияға Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының биринши орынбасары И.Казаков, 70 тен аслам бажыхана басқармасының жеке қурамы, Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры Е.Қанаатов, «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы С.Жаниев ҳǝм ҳүрметли дем алысқа шыққан бажыхана нураныйлары полковник Қ.М.Мамутов, полковник М.Ф.Винников, бажыхана хызмети подполковниклери А.Р.Дастенов, О.С.Сабиров ҳǝм Б.Х.Қадировлар қатнасты.

Жақында Нɵкис қаласы «Билим» баспасынан жарық кɵрген «Бахыт сыйы» атамасындағы жаңа китабын оқып танысқан нураный кǝсиплеслери Қ.М.Мамутов, М.Ф.Винников ҳǝм О.С.Сабировлар сɵзге шығып бул мемуар китаптың жазылыў мазмунына қарап жүдǝ үлкен баҳа берди.

Китап авторы Б.Абдраманов бул мемуарды жазыўына Ɵзбекстан Республикасы биринши Президенти И.А.Каримовтың «Ана журтымыздың ығбалы ҳǝм келешеги жолында хызмет етиў – ең жоқары бахыт» атлы китабы себеп болғанлығын ҳǝм кеўил сарайында орын алған сезимлерди китап оқыўшылары менен бɵлисиўди мақул кɵргенлигин  жазады.

Ол бул китапты жазғанда керек жерлеринде халқымыздың даналық пенен айтылған нақыл-мақаллары ҳǝм ҳикметлеринен, белгили қарақалпақ халық шайырлары Бердақ ҳǝм Әжинияз бабамыздың, Ɵзбекстан Қаҳарманы Ибрайым аға Юсупов, Сағындық аға Нийетуллаев, академик Жуманазар аға Базарбаевлар тǝрепинен айтылған ҳǝмде жазылған қол жазба ҳǝм қосықларынан шеберлик пенен пайдаланып билген.

Китап авторы Мойнақ районы «Қазақдǝрья» ҳǝм «Шеге» елатында ɵткен татлы балалық шағында кɵрген сол ўақыттағы тǝбиятының тǝкирарланбас гɵззаллығы, ҳайўанатқа, жабайы қусларға бай болғанлығы ҳǝмде үйрек, ғаз, қасқалдақ, қоян ҳǝм балықларын жеген инсанның аўзындағы мазасы бир ɵмир есте қалатуғынлығын тǝриплегенликтен, бул китапты оқығанда ɵзиңди сол тǝбияттың ишине кирип кетип, бирге жасап атырғандай сезинесең.

Ҳақыйқатында да, Арал теңизиниң балығы соншелли кɵп болғанлықтан Мойнақта, Үшсайда, Порлытаўда ҳǝм Қазақдǝрьяда балық заводлары балық консерваларын ҳǝм қақланған балықтың бир неше түрлерин ислеп шығарып Россия ҳǝм Кеңес ҳүкиметиниң барлық республикаларына жеткерип турылған. Китапта бул ҳаққында айрықша атап ɵтилген.

Сондай-ақ, теңиз жағасында ɵткен татлы балалық ўақтында ǝкеси Сапарбай аға менен 11 жасында биринши мǝрте Арал теңизине моторлы қайықта аң аўлаўға барғанлығы ҳǝм балалықтан аңшылықтың тǝсиллерин үйренгенлиги ҳǝм жетинши класста оқып атырғанда аңшылықтан кɵп жыллық тǝжрийбеси бар ǝкесиниң пǝтиясын алып жеке ɵзи аңға шыққанлығын ҳǝмде жети оққа жети қоян атып келип ǝке-шешесин қуўандырғаны еске алынған.

Бийсенбай он үш жасқа келгенде анасы Рахима апа тǝўир болмас аўырыўға тап болып 38 жасында дүньядан ɵткенде, жас баланың күтилмеген жоғалтыўға ушырап баўыры езилгени ҳǝм ақ сүт берип ǝлпешлеп тǝрбиялаған анаға деген перзент меҳриниң шексиз күшли болатуғынлығы тǝрийипленген, сондай-ақ китапты оқыған ўақытта сол кишкене бала менен бирге қыйналып сол күнлердеги аўыр қайғылы мүсибетин  жеңиллеткиң келеди.

Анасы дүньядан ɵткеннен кейин үй жумысларының бǝри усы шаңарақтың  үлкен баласы Бийсенбайдың мойнына шɵгеди. Қыста үйди жылытыў ушын ошаққа отын шаўып таярлаў, дǝрьядан ташкиге фляга салып суў ǝкелиў, шыралардың моржасын сыпырып керосин қуйып, кеште жағыў ушын таярлап қойыў, қой-ешкилерге шɵп салыў, ири қара малларды пададан келгеннен кейин қораларға киргизип байлаў оларға жем ҳǝм суў бериў, мал қораларды тазалаў, азанғы шай, түски-кешки аўқатларды писириў жумысларын ислеген. Əкеси Сапарбай ағаның болса, ҳүкиметтиң  жумысынан қолы босамаған.

Тǝғдирге тǝн берместен басқа шара жоқ екенлигин тǝн алып, ең кишкене қызы Мǝлика еки жасар ўақтында анадан айырылғаннан кейин, ǝкеси екинши мǝртебе үйлениўге мǝжбүр болған. Үш ул ҳǝм тɵрт қызға аналық ўазыйпасын атқарыўға жүрек етип келген екинши анасы Анар апа ҳаққында да жақсы жазылған.

Анасының орнына ана боламан, деп жуўапкершиликти мойнына алып үйине келген екинши анасының қандай дǝў жүрек, меҳрибан, тǝрбиялы, ɵмирдиң ашшы-душшысын татқан, жоқары мағлыўматлы ҳǝм ҳүрмет-иззетти билетуғын теңи-тайы жоқ мǝрт ана екенлиги жазып тǝриплеген.

Сондай-ақ, екинши анасы келгеннен кейин бес перзентли болған ҳǝм жǝми он еки ул-қызына туўры жол кɵрсетип тǝрбиялаўы нǝтийжесинде олар оқыған, билимли хызметкерлер болып жетилискен. Булардың барлығы, оның ақыл-парасатлылығы, ҳǝр қандай исти «жети ɵлшеп, бир кесетуғын» тапқырлығы, зийреклиги, тɵзимлилиги ҳǝм аналық меҳриниң күшлилигиниң нǝтийжесинде,-деп билетуғынлығын жазып, жақсы тилеклер айтып оған шексиз миннетдар екенин билдирип айрықша баҳа берген.

1973-жылы мектепти питкергеннен кейин, еки жыл қатарына институтқа кире алмай қайтып келгеннен кейин, ǝкеси усы елаттың бас агрономы болса да баласын аўылдың есабындағы гешир атызға суўшы етип жумысқа орналастырған.

Оқыўға кириўдиң кейнинен қалмай 1973-жылы ноябрь айында Ташкент политехника институтына таярлық бɵлимине оқыўға кирип оқып атырғанда, 1975-жылы май айында ǝскерлик қатарына хызметке шақырылып, Азербайжан Республикасында еки жыл ўатан алдындағы ер жигитлик ўазыйпасында атқарып та алған.

Əскерликтен келген соң, Ташкент политехника институтына таярлық бɵлиминде оқыўын даўам еттирип, 1978-жылы студент болыў бахтына мияссар болған.

Студентликтиң дǝслепки басқышы дǝўиринде Ташкент областы Шыршық қаласынан келип оқып атырған Гүлнар исимли қыз бенен танысқанда, биринши муҳаббат туйғыларының пайда болғанын шеберлик пенен жеткере билген.

Енди ғана он сегиз жастың бǝҳǝрин кɵрген Гүлнар жас болса да турмысқа шығып, шаңарақлы болыў жүдǝ аўыр жуўапкершиликли ўазыйпа екенлигин сезе билиўи, ɵмирлик жолдас таңлағанда сабырлылық пенен болажақ ɵмир жолдасының минез-қулқын, мийнеткешлигин ҳǝм ɵзине тǝн инсаныйлық жақсы пазыйлетлерин бар екенлигин үйренип билгеннен кейин, келешекте турмыс машқалаларын бирге жеңе алатуғынлығына кɵзи жетип исенип, алдын әжапасы менен таныстырып ойласып, кейин ата-анасына кɵрсетип олардың пǝтиясын алғаннан кейин ғана бир ɵмирге қослас болыўға келисим бергени сǝўлеленген.

Ɵзи унатып алған ɵмирлик жолдасы Гүлнар ақыллы, билимли, тǝрбиялы, ийбели, туўры сɵзли, ҳақыйқатшыл ҳǝмде кеўли таза инсан екенлиги ɵмирде тастыйықланып  ҳǝзирги күнде бахытлы шаңарақлардың бири болып жасап атырғанлығы үлкен мақтаныш пенен тилге алынған.

Инсан ер жетип камалга келгеннен кейин, ертеңги күни бир ɵмир налынып жасамаў ушын еки нǝрсени дурыс таңлап билиў керек екен: биринши таңлаған кǝсиби, екиншиси ɵмирлик жолдасы болып есапланады. Бул китапты оқыған ўақытта олардың бул еки мǝселени шешиўде алжаспағанлығын билип аламыз.

Сондай-ақ, «Ɵзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» кɵкирек нышанын алыўға мияссар болған ǝкеси Сапарбай ағаның мийнет жолы, турмыстағы қыйыншылықлары, ɵз перзентлери ҳǝм мектеп оқыўшыларын тǝрбиясындағы үлкен роли, 27 жасынан-ақ басшы лаўазымларда ислеген ўақытларда қол астындағы хызметкерлери менен мǝдениятлы сɵйлесиўи, тилинен пал тамған, сɵзге шешен, шайыр тǝбиятлылығы, ҳǝзилкешлиги, хош ҳаўазлығы, сǝзендешилиги ҳǝм аңға шығып дем алғанда жан дүньясы қуўанатуғынлығын жазған. Енди ғана ақлық сүйип олардың қызықлы мǝўритлерин кɵре баслағанда, ǝкесин 56 жасында сум ǝжел алып кетип, оны жǝне бир мǝртебе айралық муңына дуўшар еткенин кɵрсеткен.

«Кǝсиптен камал» дегендей, 1983-жылы институтты питкерип жас қǝнигелик жолламасы менен Нɵкис қаласында жайласқан Арқа-Батыс ǝскерий бɵлимшеде инженер лаўазымында сегиз жыл пидǝйы жумыс ислеген.

1990-жылдың декабрь айында Ɵзбекстан бажыхана хызметине жумысқа шақырылған ҳǝм 1991-жылдың басында Нɵкис бажыхана посты ашылып биринши инспекторлық лаўазымнан баслап жумыс ислеп баслаған.

Арадан жыллар ɵтип бажыхана хызмети аға инспекторы, бас инспектор, пост баслығы, басқарма баслығының орынбасары ҳǝм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы лаўазымына дейин кɵтерилип, бес жыл басқарма баслығы лаўазымында тыным таппай, ел-халық ушын хызмет еткен. Ҳүкимет басшылары усы еткен мийнетлерин жоқары баҳалап, 2001-жылы белгиленген нǝўбеттен бурын «бажыхана хызмети полковниги» ҳǝм 2002-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» атағы берилген.

2002-жылы Ɵзбекстан Республикасы бажыхана комитетиниң коллегиясының қарарына муўапық, усы комитеттиң орайлық аппаратына бɵлим баслығы лаўазымына тайынланған. Соннан соңғы 2006-2010 жылларда «Ташкент-АЭРО» қǝнигелестирилген бажыхана комплексинде қǝнигелер бɵлиминиң баслығы лаўазымында хызмет етип, бажыхана дизимин билимли жас қǝнигелер менен таярлап бериўде салмақлы хызмет еткен.

Жаслайынан мийнетке шыныққан Қазақдǝрья елатынан шыққан аўыл баласы ɵзиниң билими, искерлиги, талапшаңлығы, ǝлпайымлығы, адамлар менен қандай лаўазымда ислеўине қарамастан тил табысып кете билген. Сондай қǝбилети менен қайсы лаўазымда ислесе де, жуўапкершилик пенен ел ушын пидǝкарана хызмет еткен.

Ғǝрезсизликке ерискеннен кейинги дǝўирлерде хызмет еткен бажыханашылар басынан жүдǝ кɵп қыйыншылықларды басынан кеширген. Тақыятас, Хожели, Шоманай, Тахтакɵпир, Қоңырат бажыхана постларындағы хызметкерлер бир-еки данадан берилген еки бɵлмели жағдайлары тɵмен вагончиклерде қыс айларындағы қақаман суўықларда кɵмир жағып хызмет еткен.

1990-жылдың декабрь айынан  Ɵзбекстан бажыхана хызметине жумысқа келгеннен баслап, жаңадан пайда болған бажыхана хызметиниң жумысын жеделлестириў мақсетинде ɵзине жүкленген ўазыйпадан тысқары бажыхана хызметкерлериниң хызмет етиў шараятларын жақсылаўға үлкен кеўил аўдарған.

Атап айтқанда, Нɵкис, Хожели, Тақыятас, Тɵрткүл, Əмиўдǝрья, Шоманай ҳǝм Қоңырат бажыхана постларына ҳǝзирги заман талапларына жуўап беретуғын бажыхана имаратларын салдырып, керекли мебел-инвентарь, ǝскерий кийим-кеншек, компьютер, бажыхана кɵригинен ɵткеретуғын ǝсбап-үскенелер, автотранспорт ҳǝм байланыс қураллары менен тǝмийинлеўге ҳǝм олардың ǝтирапларына абаданластырыў жумысларының алып барылыўына ерискен.

Сондай-ақ, ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы ҳǝм Министрлер Кеңеси басшыларының қабыллаўында болып, еле келешекте сырт еллерден келип бизде ислейтуғын елшилер, қоспа кǝрханалардың басшылары ҳǝм үлкен муғдарда инвестиция киргизетуғын компаниялар менен бажыханада мǝмлекетлик дǝрежеде ушырысыўлар ɵткериўге ҳǝм оларды қабыл етиўге туўра келетуғынлығын айтып түсиндире билген ҳǝмде соның ушын да сырт ел исбилерменлерин қысынбастан алып киретуғын саўлатлы имарат керек болатуғынлығын дǝлиллеген.

Нǝтийжеде, алдынғы ўақытларда «Аралсуўжойбар» мекемесине қараслы болып, лекин кейинги ўақытларда қараўсыз ҳǝм ири қурылыс жумысларын ислеўге зǝрүр болып қалған бес қабатлы имаратты Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы балансына алынады.

Инсан бул дүньяға шыққаннан кейин, жасаған ɵмири ишинде оның кейнинде мийрас болып үш нǝрсе қалады екен: бириншиси жақсылық, екиншиси перзент ҳǝм үшиншиси жазылған китап.

Сол айтылғандай, напақаға шыққан кейин ол ɵзиниң алпыс жыллық ɵмиринде кɵрген кеўил кеширмелерин, ɵмириниң алтын мǝўритлерин ҳǝм турмыстың шыңланыў мектебинен алған қунлы сабақларын сǝўлелендирип ақ қағазға ǝдебий қарақалпақ тилинде жүдǝ шеберлик пенен түсирип «Бахыт сыйы» атлы  китабын дɵреткен.

Бул китаптың бǝнтбасар бɵлиминде «Мийнет – байлықтың атасы, жер оның анасы»,- деп айтқан халқымыздың дана нақылларын келтирип, тек ҳадал мийнеттиң арқасында ғана адам кәмалға келетуғынлығы, мийнеттиң арқасында адам ɵзиниң азамат екенлигин тастыйықлайтуғынлығын ҳǝм адамның адам болыўында мийнеттиң роли биринши орында туратуғынын дǝлиллейди.

Сондай­-ақ, хызмет бабында оған устазлық еткен ҳуқық қорғаў уйымларында хызмет атқарған ел азаматларына, соның менен бир қатарда мүнǝсибетке, ǝдеплиликке, ийманлылыққа, муҳаббатқа, дослық-татыўлыққа, кишипейилликке, адамгершиликке ерисиўде ɵзлери аянбай мудамы үйретип ҳǝм түсиниклер берип жүрген қарақалпақ халқының белгили азаматлары, устазлары – Т.Камаловқа, И.Юсуповқа, С.Нийетуллаевқа, академик Ж.Базарбаевқа, Қ.Юсуповқа, Ж.Садықовқа ҳǝмде бир қатар инсанларға ɵз миннетдаршылығын билдирген.

Абдраманов Бийсенбай Сапарбаевичтиң  «Бахыт сыйы» атамасындағы жаңа китабы мǝмлекетимиз Ғǝрезсизликке ерискеннен кейин Ɵзбекстан Республикасы бажыхана тараўында бириншилерден болып хызметти баслағаны ҳǝм оның дүзилиў ўақтындағы машқалалар, қǝте-кемшиликлер ҳǝмде оны жолға қойыўда ерискен жетискенликлери  ҳаққында жазылған туңғыш китап болып есапланады.

Китапты оқығанда балалық шағынан мийнетте қайнап пискен қарақалпақ елинен шыққан аўыл баласының алдында пайда болған ɵмир, турмыс ҳǝм мийнет машқалаларын жеңиўи нǝтийжесинде «бахыт пенен сыйланғаны»ның гүўасы боламыз.

Сɵзимниң жуўмағында, бул китапты оқып отырып менде пайда болған бир пикирди усыныс етпекшимен. Мǝмлекетимиз Ғǝрезсизликке ерискеннен кейинги дǝўирде жаңа бажыхана тараўының тиклениўинде, күни-түни республикамыздың абырайы ҳǝм халық ушын хызмет еткен қаҳраманымыз ҳаққында драматург ҳǝмде кино режиссерларымыз кɵркем фильм жаратыў үстинде жумыс алып барса мақсетке муўапық болар еди.

Сондай-ақ, Ғǝрезсизлигимиздиң шарапаты менен ҳǝзирги күнде жаңадан пайда болып атырған тараўлардағы жас искер басшылардың жǝмийетимиздеги тутқан орны ҳǝмде олардың еткен мийнетлерин кɵрсетип баҳалап билиў күнниң актуал темаларының бири болып турғанлығын  айтпақшыман.

Бул китап ҳǝзирги күнде хызмет етип атырған бажыханашы ул-қызларымызға ҳǝмде улыўма келешек ǝўлад жаслары ушын тǝрбиялық характерге ийе болғанлықтан олардың ɵмир, турмыс ҳǝм хызмет соқпақларында кɵмекши болатуғынлығына толық исенемен.

 

Сабиров Оразбай Сапарбаевич,

 бажыхана   хызмети  ветераны,

 подполковник