Бахытжан Сагидуллаевич Ҳабибуллаев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының инвестициялар, инновациялар,  меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары-комплекс басшысы етип тайынланды.

Танысың: Б. Ҳабибуллаев 1969-жылы Кегейли районында туўылған. Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс академиясын, Мәмлекетлик оқыў-мәсләҳәт мәкемеси республика бизнес мектебин тамамлаған. Қәнигелиги немис ҳәм инглис тиллери оқытыўшысы, ҳуқықтаныўшы-экономист.

Өзиниң мийнет жолын Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқытыўшысы болып ислеўден баслаған. Соң романо-герман факультети деканының орынбасары, Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң Қарақалпақстан бөлиминде атташе, Өзбекистан Республикасының Франкфурт-на-Майне қаласындағы (Германия) Бас консуллигинде атташе, Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң Консул басқармасының үшинши хаткери, Өзбекистан Республикасының Германия мәмлекетиндеги елшиханасының үшинши хаткери, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасындағы жойбарларының координаторы, БМШ тың Бирге ислесиў бағдарламасының «Арал апатшылығынан жәбир көрген халықтың турмыс тәризин жақсылаў» бойынша аймақлық жойбарының консультанты лаўазымларында ислеген.

Комплекс басшысының тийкарғы ўазыйпасы, Өзбекистан Республикасының Нызамларында, Өзбекистан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилген ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген инвестициялар, инновациялар,  меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары және туризм тараўының ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпаларына муўапық комплексти раўажландырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў, республикамыз көлеминде ислеп шығылған ҳәм тастыйықланған мақсетли бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүрәжатларын әмелдеги нызамларға муўапық көрип шығыўдан ибарат.

Комплекс басшысы өзине жүкленген ўазыйпалар шеңберинде төмендеги шөлкемлер, атап айтқанда, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы, Мәденият министрлиги, Дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў регионаллық мәмлекетлик инспекциясы, Экология ҳәм тәбиятты қорғаў комитети, Сыртқы ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы консуллық бөлими, Халықаралық аэропорт,  регионаллық темир жол узели, сондай-ақ, Министрлер Кеңесине тийисли турақлы комиссиялар менен турақлы биргеликте жумыс алып барады.

Өзбекистан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы нызамлары, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекистан Республика Президентиниң Пәрманлары, қарарлары,бийлиги ҳәм тапсырмалары, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары, бийликлери ҳәм тапсырмалары, сондай-ақ Министрлер Кеңеси Баслығының тапсырмаларының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыўын тәмийинлейди ҳәм оның өз ўақтында үйренилип барылыўы ушын жуўапкер болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы