Енди жәмийетлик орынларда, халық тығыз жерлерде атлы ҳәм велосипедли патруль хызметкерлерин де ушыратыў мүмкин. Жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы және миллий гвардия менен биргеликте жумыс алып бармақта.

– Бул илажлар Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилген «Қәўипсиз қала – қәўипсиз мәмлекет» концепциясына тийкарланып әмелге асырылмақта, – дейди Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Есемурат Қайыпназаров. – Усындай хызметтиң жолға қойылыўы өз нәтийжесин бермекте, мәселен, 2018-жылдың январь айы даўамында Республика аймағында жынаят излеў тараўында жынаятлардың кемейиўине ерисилди.

Бүгинги күнде патруль-пост хызмети батальоны және миллий гвардия хызметкерлери елимиздеги көше ҳәм қыябанларда, адамлар көп топланатуғын орынларда турақлы түрде опертив тексериўлер, профилактикалық илажлар алып бармақта.

 

Мөлдир Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы