2018-жыл 5-февральдан 6-февральға өтер түнде саат 00:15 лер шамасында хызмет бабында жүрген автопатруль хызметкерлери Төрткүл гүзары менен Беруний көшесиниң кесилиспесинде «Матиз» маркалы «гүманлы автомашина»ны тоқтатады. Көлик тексерилгенде, жүкханасына 20 дана узынлығы 4,5 метрлик, диаметри 16 миллиметр болған арматуралар бар екени анықланған. Иркилген қурылыс буйымлары тексерилип, сорастырылғанда қаладағы ири қурылыс кәрханасына тийисли екени анықланады.

Автомашина салонындағы 1983-жылы туўылған Р.С., 1983-жылы туўылған С.Х. ҳәм 1985-жылы туўылған К.Длар Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 61-статьясына тийкарланып жуўапкершиликке тартылды.

Айрықша зийреклиги менен қурылыс материаллары талан-тараж етилиўиниң алдын алған хызметкерлер ишки ислер министрлиги тәрепинен хошаметленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги