Усы жылдың 10-12-февраль күнлери аралығында Россия Федерациясының Екатеринбург қаласында өткерилген «Краски народов мира в проектах берега надежды» таңлаўына фольклор жөнелиси менен қатнасқан жерлесимиз Муҳаммед Төребеков гран-при жеңимпазы болды. (Таңлаўда қарақалпақ аламойнақ дуўтары менен «Саятхан-Ҳамра» дәстанын атқарып шықты.)

Бул ҳаққында бизге жеңимпаздың өзи Муҳаммед Екатеринбург қаласынан хабар бермекте.

Муҳаммед усы табысы менен 26-март ҳәм 4-апрель күнлери Қырымда өткерилетуғын «Париж, я люблю тебя» («Мен сени сүйемен, Париж») атамасындағы 27-халықаралық балалар ҳәм жас өспиримлер таңлаўының супер финал басқышына қатнасыў ушын жолламаны да қолға киргизди.

Мақаламыз қаҳарманы 1999-жылы Нөкис қаласында туўылған. Балалығынан көркем өнерди жән-тәни менен сүйеди. Муҳаммед пайтахтымыздағы 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде оқып, устазы Бүркитбай Пиязовтан көркем өнердиң әлўан түрли сырларын үйренеди.

«Жигитке қырық өнер де аз» дегениндей, ол домбыра сәз әсбабын кәмине келтирип шертип, қазақ халқының күйлерин атқара алады. Сондай-ақ, ол «Саятхан-Ҳамра» дәстанын толық ядлап алған.

М.Төребеков Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер коллеждинде оқып жүрген ўақтында устазы, Өзбекистан халық бақсысы Теңел Қәллиевке шәкирт түсип, устазының тапсырмаларын булжытпай орынлайды.

Ҳәзирги күнде жас талант ийеси  Муҳаммед Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик  педагогикалық  институтының музыкалық тәлим бағдарының 1-басқыш студенти.

-Бундай жетискенликлерге ерисиўимде анам Раўшан ҳәм устазым Теңел ағаның үлеслери көп, – дейди М.Төребеков.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, усы жылдың 4-7-январь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Астана қаласында өткерилген «Аrt-Premium» халықаралық таңлаўына жерлесимиз Муҳаммед Төребеков қатнасып, жеңимпазы атанып, кубокты қолға киргизип қайтқан еди.

Еслетип өтемиз, бул таңлаўлар Россия Федерациясы тәрепинен шөлкемлестирилген.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы