Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы “Физикалық шахслар тәрепинен товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтиўди тәртипке салыў ис-илажлары ҳаққында” қарары менен физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўди тәртипке салыў, бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў шараятларын жәҳән стандартларына муўапықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, бажыхана шегарасын кесип өтетуғын физикалық шахслар ушын және де қолай шараятлар жаратылды.

Қарарда физикалық шахслар тәрепинен товарларды алып кириўдиң бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын төмендеги шекленген нормалары тастыйықланды. Оған көре:

Өзбекистан Республикасының халықаралық аэропортлары арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде – 2000 (еки мың) АҚШ доллары муғдарында;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекет шегарасындағы темир жол ҳәм дәрья өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде   – 1000 (бир мың) АҚШ доллары муғдарында;

Өзбекистан Республикасы Мәмлекет шегарасындағы автомобиль жолы  (пиядалар жолы) өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегарасын кесип өткенде– 300 (үш жүз) АҚШ доллары муғдарында;

халықаралық почта ҳәм курьерлик жөнелтпелери арқалы физикалық шахслар мәнзилине келип атырған товарлар ушын бир календарь ай даўамында – 1000 (бир мың) АҚШ доллары муғдарында белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары аға инспекторы, бажыхана хызмети аға лейтенанты Ж.Сапарбаевтың мәлим етиўинше, физикалық шахслар тәрепинен товарларды алып кириўдиң бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын шекленген нормалары муғдарында товарлар алып кирилгенде оларды жазба декларациялаў талап етилмейди.

Сондай-ақ, физикалық шахслар 3 000 АҚШ долларына тең баҳадағы товарларды бажыхана декларациясын усынбастан алып шығыў мүмкинлиги белгилеп берилди.

Соның менен бирге айырым түрдеги товарлар ушын алып шығыўдың белгиленген нормалары тастыйықланды:

гүриш – 3 кг.ға шекем, нан өнимлери – 5 кг. ға шекем, гөш ҳәм гөш өнимлери – 2 кг. ға шекем, қум шекер – 2 кг. ға шекем, өсимлик майы – 2 кг. ға шекем, сондай-ақ жаңадан үзилген мийўе-овощ өнимлери, жүзим, палыз, собықлы егинлер, сондай-ақ, кептирилген овощ ҳәм мийўелер – 40 кг.ға шекем.

Соның менен бирге, физикалық шахслар тәрепинен айырым түрдеги товарлардың бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын алып кириў нормалары да белгиленди. Яғный:

Алкоголь өнимлери, пиво – 2 литрға шекем, бәрше түрдеги темеки өнимлери – 10 қутыға шекем, әтир суўы – 3 данаға шекем, қымбат баҳалы металл ҳәм  қымбат баҳалы таслардан жасалған зергерлик буйымлары – 65 гр.ға шекем.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги