4-февраль күни Хожели районы 6-санлы орта арнаўлы улыўма билим бериў мектебинде Өзбекистан Республикасы Прокуратурасы жанындағы салық ҳәм валютаға байланыслы жынаятларды, жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаментиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен Хожели районлық «Жаслық» дене тәрбия ҳәм спорт жәмийетиниң шөлкемлестириўинде спорттың 8 түри бойынша жарыс өткерилди.

Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет – оқыўшылардың ҳәр екшемби күнги бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестириўден ибарат.

Жарыста 350ден аслам спортшылар (соннан 160ы қыз балалар) өз-ара күш сынасты.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында арқан тартысыў жарысында районлық 20-санлы орта мектеп оқыўшылары биринши, турникке тартылыўда 42-санлы орта мектеп оқыўшысы Үмит Мақсетов, арм-рестинг бойынша 16-санлы мектеп оқыўшысы Рамазан Үрпетов, тас көтериўде 3-санлы мектеп оқыўшысы Олжас Жаңабаев, торға топ таслаўда ер балалар арасында 6-мектеп оқыўшысы Жасурбек Қурбаниязов, қыз балалар арасында 40-санлы мектеп оқыўшысы Ирода Рембаева,  турған жеринде узынлыққа секириўде 2-санлы мектеп оқыўшысы Гүлзада Жумабаева, стол тенниси бойынша ер балалар арасында 20-санлы мектеп оқыўшысы Ағабек Сапаров, қыз балалар арасында усы мектеп оқыўшысы Асалай Оразбаева, шашка бойынша ер балалар арасында 3-санлы мектеп оқыўшысы Мақсет Чачемов, усы мектеп оқыўшысы Шахсанем Жамалатдиновалар биринши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы