Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен өткен «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаўды күшейтиў, жәмийетте өз-ара аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм қайыр-сақаўат орталығын буннан былай да беккемлеўде системалы жумыслар әмелге асырылды ҳәм бул жумыслар табыслы даўам етпекте.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде республикамыздың барлық аймақлары менен районларында кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық-турмыслық жағдайы үйренилип, оларды турақ жай ҳәм турмыслық техника менен тәмийинлеў, жасап атырған үйлерин оңлаў, медициналық хызмет көрсетиў бойынша әмелий жәрдемге мүтәж шаңарақлар анықланды.

Усы категориядағы шаңарақлардың дизими жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен тастыйықланып, 2017 ҳәм 2018-жылларда халықтың кем тәмийинленген қатламларына бийғәрез жәрдем көрсетиў бойынша аймақлық мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Бүгинги күнде усы бағдарламаға муўапық республикамыз бойынша 2 мың 64 шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиў, атап айтқанда, 160 шаңарақтың жасап турған үйлерин оңлап бериў, 96 шаңарақтағы медициналық жәрдемге мүтәж ағзаларының саламатлығын тиклеў ҳәм 1776 шаңараққа турмыслық техника үскенелерин тапсырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы жылы 32 шаңарақ турақ жай менен тәмийинленеди.

-Халықтың  социаллық жәрдемге мүтәж қатламларының турақ жай ҳәм турмыс шараятын жақсылаў, бағыўшысынан айрылған, майыплығы болған шахсларды, олардың шаңарақ ағзаларын турақ жай менен тәмийинлеў, ҳәзирги жасап атырған  турақ жайларын оңлап бериў, наўқаслардың саламатлығын тиклеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта,– дейди Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикалық Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим баслығы  Гулнара Илмурадова.  –Усы илажлар шеңберинде жәрдемге мүтәж шаңарақлардың үйлерине барып, оларға саламатлығын тиклеў ушын сертификатлар, дәри-дәрмақлар, турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде турмыслық техника үскенелери тапсырылып, бүгинги күнге турақ жайларын оңлаў жумыслары жуўмақлана келди.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районы  «Орта қала» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 12 жасар Гүлзада Қошқарова,  «Бай аўыл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 6 жасар Жамшид Саатбаев Ташкент педиатрия медицина институтында операция болған болса, «Қаңлы» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 8 жасар Асалай Маллабаева, «Чайкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 13 жасар Бабур Раимов усы емлеў орнында операцияға таярланып атыр. Сондай-ақ, «Орта қала» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 34 жастағы Дилфуза Омарова, «Қыпшақ» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Уразмат Атажановларға В.Ваҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия орайында емлениўи ушын арнаўлы сертификатлар тапсырылды. Районда он пуқараның турақ жайында оңлаў жумыслары алып барылды.

Усындай қайырлы ислердиң дәслепки басқышында  өткен жылдың декабрь айында райондағы 111 жәрдемге мүтәж шаңараққа күнделикли турмысында зәрүр болған турмыслық техника үскенелери салтанатлы түрде тапсырылған болса, және 36 шаңараққа газ плита менен газ баллонлары берилди. Бул илажларда кәсиплик аўқамлары белсене қатнасып, көрсетилип атырған әмелий жәрдемлердиң белгиленген мәнзиллерге жетип барыўын тәмийинлемекте. Себеби, буннан гөзленген тийкарғы мақсет, Президентимиздиң атап өткениндей, халықтың кем тәмийинленгенлик дәрежесин азайтыў, олардың турмыс абаданлығын арттырыўдан ибарат.  Бундай итибар және айрықша ғамқорлықтан республикамыздағы жәрдемге мүтәж инсанлардың кеўиллери көтерилип, ҳәр бир пуқара елимиз ҳәм ҳүкиметимиздиң итибарында екенлигиң терең сезинип жасамақта.

Жуўмақлап айтқанда, өткерилип атырған қайырқомлық илажлары жәмийетимизде мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик сыяқлы уллы пазыйлетлерди және де күшейтиў менен бирге бәршени саўаплы ислерге руўхландырмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы