Фармацевтика соҳасини ривожлантириш масалалари муҳокама қилинди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 6-февраль күни фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин талқылаўға, алдағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Халқымыздың денсаўлығын беккемлеў, халықты сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмлар менен тәмийинлеў Президентимиздиң турақлы итибарында болып келмекте. Өткен жылы бул мәселелерге бағышлап бир неше мәжилис өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы елимиз аймақларына сапары ўақтында тараўдағы жағдай менен тиккелей танысты. Медициналық хызметлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған 30ға шамалас пәрман ҳәм қарар қабыл етилди.

Халықты ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин арзан дәри-дәрмақлар, медицина буйымлары менен тәмийинлеўди жақсылаўға қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2017-жыл 7-ноябрьдеги «Фармацевтика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Усындай системалы жумыслар өз нәтийжесин бермекте. 2017-жыл 1,6 миллиард шәртли қадақта дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығарылды. Бул 2016-жылға салыстырғанда 34 процентке көп.

Сондай-ақ, өткен жылы тараўда 71 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў басланып, соннан 148 миллион долларлық 33 объект иске түсирилди. 76 атамадағы жаңа өним өзлестирилди.

Мәжилисте тараўдағы жумыслар сын көз қарастан талқыланып, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы қанаатландырарлы емеслиги атап өтилди.

Фармацевтика кәрханаларының көпшилигинде заманагөй технологиялар улыўма қолланылмайды, дәри субстанцияларын ислеп шығарыўға улыўма итибар жоқ, деди Шавкат Мирзиёев. Кәрханалар толық циклде өним ислеп шығарыўға өтиўдиң орнына, елеге шекем тийкарынан шет елден таяр өнимди алып келип, қадақлаў менен шуғылланып атыр.

Мәжилисте атап өтилгениндей, қолда бар 94 кәрханадан 12 си ғана өнимниң басқа мәмлекетлерде тән алыныўын тәмийинлейтуғын GMP – «жақсы өндирис әмелияты» халықаралық сертификатына ийе. Буны кеңейтиў бойынша тармақ басшылығында баслама жетиспей атыр. Әпиўайы мысал, жыллар даўамында боянтамырды терең қайта ислеўге улыўма итибар берилмеген. Өткен жылдың ақырында Қарақалпақстанға сапары даўамында тапсырма берилгеннен кейин ғана Боян жетистириўшилер ҳәм қайта ислеўшилер ассоциациясы шөлкемлестирилди.

Бул мәселени айрықша қадағалаўға алыў зәрүрлиги, ҳәмме тек ғана жабайы боянтамырды жыйнаў менен шуғылланып қоймастан, плантацияларды шөлкемлестириў ҳәм тамырды терең қайта ислеп, дәри субстанцияларын ҳәм өнимлерин ислеп шығарыўға өтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Тараўдағы көпшилик кәрханалар қурамалы болмаған, әпиўайы формулалы дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў менен шекленип атырғаны сынға алынды. Себеби, 2017-жылы тараўда өндиристиң физикалық көлеми 34 процентке артып, баҳасы жағынан тек ғана 16 процентке көбейген.

Жергиликли кәрханаларға импорт орнын басатуғын өним ислеп шығарыў ушын жыллар даўамында бир қатар жеңилликлер берилген болса да, ишки базардағы талаптың 74 проценти импорттың есабынан қанаатландырылмақта.

Импорт етилип атырған 6 мың 824 атамадағы шет ел дәри-дәрмақларының ярымынан көбисин елимизде ислеп шығарыў мүмкин. Бирақ ҳәзирги күнде тек ғана 27 проценти ислеп шығарылады. Онкология, гинекология, стоматологияда пайдаланылатуғын дәрилер толық импорт етилмекте.

Мәмлекетлик медицина мәкемелерин дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеўдиң жағдайы да қанаатландырарсыз болып қалмақта. Халық бул реформалардан күтилген нәтийжелерди еле улыўма сезип атырғаны жоқ. Бурны ғалаба хабар қуралларында бирде-бир унамлы көз қарас билдирмей атырғанынан да билиўге болады, деди Президентимиз.

Мәжилисте мәмлекет тәрепинен барлық имканиятлар жаратылғанына қарамастан, бул бағдардағы жумысларды шөлкемлестириў төмен дәрежеде болып атырғаны, айырым машқалалар елеге шекем сақланып киятырғаны сынға алынды.

Атап айтқанда, дәри-дәрмақлары зәрүрликти анықлаў системасы ҳәм әмелдеги талап бойынша анық мағлыўматлар базасы жаратылмаған. Быйыл мың социаллық дәрихана шөлкемлестириў бойынша еле нәтийжели жумыс исленбеген.

Фармацевтика базарында 7 еркин экономикалық зонаны шөлкемлестириў бойынша пәрман қабыл етилгенине 9 айдан көбирек ўақыт өткен болса да, еле ҳеш бир аймақта жумыс басланбаған. Олардың бас режелери тастыйықланбаған, инженерлик-коммуникация тармақлары қурылмаған.

Фармацевтика тараўындағы илимий-изертлеў институтларының роли улыўма сезилмейди. Бүгинги күнде олар тәрепинен өсимлик шийки затынан тек ғана 16 атамадағы 1,6 тонна дәри субстанциясы ислеп шығарылады. Буннан тысқары, тараўда заманагөй алдынғы технологияларды нәтийжели пайдалана алатуғын кадрлар жетиспейди.

Президентимиз бул машқалаларды терең талқылап, оларды сапластырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Дәри субстанцияларын ислеп шығарыўды кескин көбейтиў ҳәм толық цикллы өндиристи кеңейтиў, тараўға халықаралық стандартлар ҳәм жаңа инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў бойынша қосымша илажлар комплексин ислеп шығарыў зәрүрлиги атап өтилди.

Елимиздиң ишки базарында дәри-дәрмақлар баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў, олардың жасалма қымбатлаўының алдын алыў бойынша қосымша илажлар көриў ўазыйпасы қойылды.

Фармацевтикаға қәнигелестирилген еркин экономикалық зоналардың бас жобаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, бул зоналарды барлық зәрүр коммуникация тармақлары менен тәмийинлеў бойынша жуўапкер адамларға анық тапсырмалар берилди.

Тараўда жаратылып атырған исленбелерди әмелиятқа енгизиўди жеделлестириў мақсетинде Ташкент фармацевтика институтында оқыў-илимий лаборатория ҳәм тәжирийбе-өндирислик комплексин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте фармацевтиканың тар бағдарлары бойынша кадрлар таярлаў, тараў хызметкерлериниң шет елдеги фармацевтика кәрханаларында тәжирийбе арттырыўын шөлкемлестириў мәселелерине де итибар қаратылды.

ӨзА