6-февраль күни  Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Қашарман топ федерациясын қайта шөлкемлестириў конференциясы өткерилди. Конференцияда Өзбекистан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров Қарақалпақстан Республикасы «Қашарман топ» федерациясының баслығы етип тайынланды. Сондай-ақ, илаж даўамында федерацияның баслығы орынбасарлары, атқарыўшы директорлары, бас тренерлери даўыс бериў жолы менен тайынланды.

Англиядағы «крикет», АҚШтағы «бейсбол», Финляндиядағы «песа палло», Румыниядағы «ойна» деп аталатуғын спорт ойынларына уқсас Қашарман топ ойыны ертеден-ақ қарақалпақ халқында миллий спорт түри сыпатында белгили.

Қашарман топ ойыны 1991-жылдан баслап орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынлары арасында өткериле баслады. 1994-жылы апрель айынан баслап орта арнаўлы оқыў орынларының спартакиадасы бағдарламасына биринши мәрте қашарман топ жарысы киргизилди. 1995-жылы спорт жарысының өткериў илажларының  ис-режесине қашарман топ киргизилип, сол жылы қарақалпақ миллий ойынлары спорт фестивалы өткерилди.

2005-жылы Жиззақ қаласында өткерилген миллий халық ойынлары фестивалына республикамыздан 42 жас талант қатнасып қайтқан еди.

– Бүгинги күнде АҚШ та ҳәм раўажланған бир қатар мәмлекетлерде кеңнен тарқалған бейсбол ойынының тийкары усы қарақалпақ миллий ойыны қашарман топтан келип шыққан, деген жуўмаққа келиўге толық тийкар бар, – дейди «Қашарман топ» (Қарақалпақ миллий халық ойыны, тарийхый ҳәм әмелий ойнаў қағыйдалары) китабының авторы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы, профессор Пердебай Шылманов. – Халқымыз байрам салтанатларында, соның ишинде Наўрыз, зүрәәт байрамларында, той-мерекелерде миллий ойынларды ойнап үлкен қуўанышқа бөленген.

Илаж даўамында қашарман топ ойының белгили қағыйдасы исленип шығылып («Қарақалпақстан жаслары», «Қарақалпақстан спорты» газеталарында жарияланады), тренерлер арасында семинарлар өткерилип, жасларға кеңнен үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм т.б. тапсырмалар тапсырылды.

21-март – Халықаралық Наўрыз байрамы қарсаңында Қашарман топ жарысын өткериў режелестирилди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы