Пуқаралардың өзинзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңесине юридикалық шахс статусы берилип, пуқаралық жыйынларының ассоциациясына айланғанына бир жыл толды.

Усыған байланыслы Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси баслығының Жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша бөлими тәрепинен өткерилген есап бериў мәжилисинде Республикалық Кеңес жанынан Өзбекистан Жаслар аўқамының басланғыш шөлкемин ашыўға келисилди. Буннан мақсет усы күнге шекем 3 мыңға шамалас сырт еллерге жумыс ислеўге кетип, қайтып келген, жәмлеспеген жаслар арасында өткерилген спорт беллесиўлерин, 70 мыңнан аслам жаслар қатнасқан ушырасыўлар берген нәтийжелерди еки-үш есеге арттырыў. Тек мәҳәлле, қалалық ҳәм республикалық басқышларда ғана спорттың футбол, бадминтон, шахмат, стол тенниси түрлери бойынша  2750 жәмлеспеген жас қатнасқан.

Барлық пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында шөлкемлестирилген 405 мәҳәлле пасбаны менен 4843 ағзалары өткен жылы 36 жынаятты ашқан. Олардың жынаятшылықты ашыўда айрықша хызмети сиңген 55 и Ишки Ислер бөлимине жумысқа жоллама берилди.

Мәжилисте Кеңестиң район ҳәм қалалардағы жаслар мәселелери бойынша орынбасары менен оның қәнигелериниң жумысларын муўапықластырыўға, машқалаларын унамлы шешиўге қаратылған жумыслар талқыланып, алда ислениўи тийис ўазыйпалар белгилеп алынды. Өткерилген илаж жуўмағында район ҳәм қалалардағы кеңеслердиң усы мәселелер бойынша 25 орынбасары ҳәм қәнигелери хошаметленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги