Президентимиз жақында Қарақалпақстанға сапары даўамында Қоңырат ҳәм Тахтакөпир районларын шарўашылыққа қәнигелескен аймаққа айландырыў бойынша ўазыйпа белгилеп берген еди. Енди бул районда пахта егиле ме, егилмей ме? Бул бойынша район ҳәкими Ж.Адилов былай дейди:

– Районда улыўма пахта егилмейди емес, егиледи. Бирақ, пахта жер майданларын жылдан-жылға азайтып барамыз. Шарўашылық күтилген нәтийжени берип, жолға түсип, исенимди ақлап кетемен дегенше, пахта егип турыў бойынша усыныс билдирдик. Өткен жылы пахтадан көп дәрамат алдық. Жыйын-терим мәўсиминде де көп адамларымыз жумыс пенен тәмийинленди.

Усы жылдың 1-январь ҳалатына жер есабы бойынша жәми 32 655 гектар егислик жер болып, соның 16 752 гектар жерине усы жылдың зүрәәти ушын аўыл хожалығы егинлерин егиў режелестирилген. Соннан 80 гектар жерге ашшы бурыш, 2600  гектарға боян тамыр, 3000 гектарына пахта,   4400 гектар майданға гүзги бийдай,  150 гектарға баў-бақша, 100 гектар жерге картошка, 250 гектарға палыз,  30 гектарына соя, 5775 гектар майданға  салы, 350 гектарға жоңышқа, 76 гектар жерге ләблеби, от-жем ушын,  56 гектарға дән ушын мәкке ҳәм  190 гектар майданға басқа да аўыл хожалығы егинлерин егиў жобаластырылған.

Сондай-ақ, районда 4400 гектар жерге гүзги бийдайдан босаған атызларға қайта егилетуғын  егинлерди егиў күтилмекте. Буннан басқа да баў-бақша егинлерин, күнге бағар, собықлы егинлерди де екпекшимиз.

Келешекте районымызда шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пахташылық, ғәллешилик, дийқаншылық, бағшылық ҳәм көп тармақлы фермер хожалықларын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Буннан басқа да ыссыханалар қурыў, пал ҳәррешиликти раўажландырыў, азық-аўқат өнимлерин ҳәм қурылыс материалларын таярлаў,  ун қаразлар қурыў сыяқлы жаңа режелер таярланбақта.

Райондағы ең әҳмийетли жаңалық – «Агро комплекс Қарақалпақстан» жуўапкершилиги жекленген жәмийети түриндеги ири Өзбекистан-Америка қоспа кәрханасы қурылмақта.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы