Пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатында белгили публицист, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Атажан Халмуратовтың туўылғанының 70  жыллығына бағышланып «Жақсының аты өлмейди» темасында әдебий еслеў кешеси болып өтти.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Еркин Қарақалпақстан»-«Вести Каракалпакстана» газеталары редакциясы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға белгили журналисттиң бирге ислескен кәсиплеслери, шәкиртлери, аўылласлары менен туўған-туўысқанлары қатнасты.

Кешени Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов басқарып барды.

Өзбекистан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов журналистика тараўының пидайыларынан бири А.Халмуратовтың өмири ҳәм дөретиўшилик жолына кең түрде тоқтап өтти. Буннан кейин, «Нураний» қоры Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Е.Байназаров, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, бирге оқыған дослары атынан, философия илимлериниң кандидаты, доцент Ю.Әлимбетов, шәкиртлеринен П.Хожамуратова, Ө. Өтеўлиевлер  белгили талант ийесиниң дөретиўшилиги, инсаныйлық пазыйлетлери, бирге ислескен жылларындағы есте қаларлық ўақыялар менен ортақласты.

Атап өтилгениндей, А.Халмуратов өзиниң мийнет жолын  «Жеткиншек» газетасынан баслады. Усы жерде  оның дәслепки шығармалары «Саз толқыны» новелласы, «Әкем келеди» гүрриңи, «Бала жетеклеген келиншек» повести «Әмиўдәрья» журналында жарық көрди. «Қарақалпақстан» баспасында оның «Анамның ақ сүти» гүрриңлер топламы басылып шықты. Ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасына жумысқа өткеннен соң ол талантлы журналист сыпатында танылды. Оның басламасы менен ашылған «Заманлас», «Саяхат», «Тарийх, археология, үлкетаныў» клублары газета оқыўшыларында айрықша қызығыўшылық оятты.

А.Халмуратов 1983-жылы ҳәзирги «Еркин Қарақалпақстан» газетасына жумысқа өтип, арқа районлар бойынша өз хабаршысы, хатлар бөлиминиң баслығы, жуўаплы хаткер болып иследи. Усы дәўирде қаншадан-қанша очерклер, публицистикалық мақалалар, фелъетонлар жазды. Нәтийжеде қарақалпақ журналистикасында ылайықлы орын ийеледи, өзине тән мектеп жаратты. Оның көп жыллық жемисли мийнети есапқа алынып,  ҳүкиметимиз тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

Әдебият, публицистика ықласбентлери оның белгили дийқанлар, шарўалар, автотранспорт тараўы хызметкерлериниң турмысынан жазған «Мәнзиллер шақырады», «Жер, мен сениң бир перзентиңмен», «Қызылөзектиң төрт пасылы», «Жылқы жылының дүбири», «Дарсан»ның шуғлалы таңлары» китаплары менен танысқан болса, билимлендириў тараўы қарлығашларынан бири Рейимбай Сапаровқа бағышланған «Алыс жулдыздың жылыўы», белгили жәмийетлик искер Пиржан Сейтовқа бағышланған «Ел ағасының екинши өмири», академик Турсынбай Ещановқа бағышланған «Бир өмирдиң жети мәўрити» китаплары жарық көрди. Ал, билимлендириў тараўының пидайысы Ж.Сейтниязов туўралы жазған «Ҳәмме сиздей болғанда еди» китабы бәршеде айрықша қызығыўшылық оятты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы