Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасындағы сапары даўамында өткерилген кеңейтирилген мәжилисинде берилген тапсырмалары ҳәм 2018-жыл 16-январь күнги «Мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин еледе жеделлестириў ис илажлары ҳаққында»ғы пәрманлары негизинде лимон ҳәм басқа теплицаларда (ыссыханаларда)  өнимлер жетистириўди жолға қойыў мақсетинде, фермер хожалықларында кем қәрежетли арзан ыссыханалар қурыў  ушын жер қазыў техникалары менен жер майданларын таярлаў ҳаққында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Қанлыкөл райондағы «Сүўенли» ирригация тармақлары басқармасы тәрепинен «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 1,5 соток ҳәм де районлық Мелиорация тармақлары басқармасы жанынан 1,5 соток жер майданда теплицалар қурылды.

Теплицаларға Ургенч қаласынан алып келинген 3 жыллық 50 дана лимон нәллери егилип, ҳәзирги ўақытта лимон нәллери гүллемекте.

Теплицаларда буннан тысқары, 15 таўық бағылып, қосымша майданға чеснок, көк пияз, укроп егилип, нәллерге агротехникалық талаплар тийкарында тәрбия берилмекте.

 

  Қарақалпақстан хабар агентлиги