«Мен өзимниң Президент сыпатындағы ўәкиллигимди бийкарлаў бойынша бир қарарға келдим», деп атап өткен Нурсултан Назарбаев телеканал арқалы Қазақстан халқына еткен мүрәжатында.

 

Әмелдеги нызамшылыққа бола, мәмлекетте президентлик сайлаўлары өткенге шекем мәмлекет басшысы ўазыйпасын Сенаттың Баслығы Касим-Жомарт Тоқаев атқарады.

 

Мағлыўмат орнында еслетип өтемиз, Нурсултан Назарбаев Қазақстанның биринши Президенти сыпатында мәмлекетти 1990-жылдан берли басқарып келеди. 2015-жылғы сайлаўларда ол 5-рет мәмлекет басшысы лаўазымына сайланған еди.

 

 

ӨзА